Қарақалпақстан Республикасының орайлық китапханасында Әдебият күнлери шеңберинде «Әдебиятлар дослығы – халықлар дослығы» атамасында руўхый-ағартыўшылық илаж болып өтти. Онда китапханашылар, устаз-муғаллимлер, студентлер, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты. Усы илаж даўамында 14-декабрь Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик байрағы қабыл етилген күн мүнәсибети менен өткерилген байрам салтанатлары өткерилип, «Шарқ юлдузи» ҳәм «Звезда востока» журналларының 90 жыллығы белгиленди.
Өзбекстан халық жазыўшысы, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы Кеңесбай Кәримов илажды ашып, Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик байрағы қабыл етилгениниң 31 жыллығы менен бәршени қутлықлады.
Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы баслығының орынбасары Ғайрат Мажид Президентимиздиң басламасы менен Қарақалпақстанға қаратылып атырған жоқары итибар ҳаққында сөз етти. «Шарқ юлдузи» ҳәм «Звезда Востока» журналларының бас редакторы Сирожиддин Рауф, Өзбекстанға мийнети сиңген журналист Салим Ашур, Қарақалпақстан халық шайыры Рустам Мусурмон, «Әмиўдәрья» журналының бас редакторы Халила Дәўлетназаров, Қарақалпақстан халық жазыўшысы Алланазар Абдиев «Шарқ юлдузи» ҳәм «Звезда Востока» журналларының әдебий турмысымызда тутқан орны, өзбек-қарақалпақ әдебий байланысларының раўажланыўында журналдың хызмети ҳәм бул басылымның келешектеги режелери ҳаққында сөз етти.
Илаж шеңберинде Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы тәрепинен өзбек тилинде басып шығарылған Қарақалпақ әдебияты үлгилери – Кеңесбай Кәримовтың «Ағабий» романы, Узақбай Пиржановтың «Гүзги жапырақлар» қыссалар ҳәм гүрринлер топламы, Бахтияр Генжемуратовтың «Жүректиң отлы аспаны», Сағынбай Ибрагимовтың «Жол ортасы» қосық топламлары, сондай-ақ, белгили жазыўшы Ғафур Шермуҳаммадтың Қарақалпақстан ҳәм Мойнақтағы дөретиўшилик жумыслары тийкарындағы «Мәртлик майданы» киноқыссалар ҳәм гүрринлер топламының презентациясы болып өтти. Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы тәрепинен китапханаға жаңа көркем шығармалардан ибарат китаплар саўға етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги