Канаданың Торонто қаласында шахмат бойынша «Champions Chess Tour Finals 2023» турнири өзиниң жуўмақлаўшы басқышына жетти.

Улыўма сыйлық муғдары 500 000 АҚШ долларын қурайтуғын бул жарыста дүньяның 8 күшли шахматшысы қатарында елимиздиң мақтанышы болған Нодирбек Абдусатторов та табыслы қатнасып, турнирдиң ярым финалына шыққан еди.

Кеше ярым финал басқышының жуплықлары екинши сетте өз-ара гүрес алып барды. Олардың биринде әмелдеги жәҳән чемпионы Магнус Карлсен америкалы Фабиано Каруананы 3:2 есабында жеңип шыққан болса, Нодирбек Уэсли Соға қосымша сетлерде жеңилип қалды.

Усылайынша Нодирбек Абдусатторов «Champions Chess Tour» турнирин 3-орын менен жуўмақлап, 50 мың АҚШ долларын қолға киргизиўге миясар болды.

Магнус Карлсен ҳәм Уэсли Со болса жарыс жеңимпазлығы ушын гүрес жүргизеди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.