Xiaomi компаниясы мектеплер ушын жаңа досканы усынды: ондағы ҳәмме жазыўларды бир түймени басып өшириў мүмкин.

Досканың диагоналы — 39 дюйм. Егер буны аз десеңиз, бир қаншасын бирлестирип, бир үлкен доскаға айландырыўыңыз мүмкин.

Усындай әжайып қурылма тек еки дана АА-батареяда ислейди, қуўаты 8-9 айға жетеди.

Қытайдағы баҳасы — 299 юан (40 доллар әтирапында).

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги