Аўыр атлетика бойынша Қатар пайтахты Доха қаласында өткерилип атырған Гран-при турнири бүгин өз жуўмағына жетеди.

Кеше ҳаял-қызлар арасында -81 кг салмақ категориясында беллесиўлер өткерилип, онда

Өзбекстанның абырайын қорғап жүрген атлет Ригина Адашбоева өз шеберлигин көрсетти ҳәм дәс көтериўде 106 кг, силкип көтериўде 125 кг, улыўма 231 кг нәтийже менен 9-орынды ийелеўге миясар болды.

Буннан алдын усы жарыста беллесиўлерге түскен Муҳаммадқодир Тоштемиров те 9-орынды ийелеген еди.

Ал, бүгин болса, ең аўыр салмақта қатнасып атырған тақыятаслы Рустам Жаңабаев беллесиўлерге шығады.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.