Кеше Европа чемпионлар лигасының топар басқышында соңғы тур ойынлары болып өтти.

«F» топарында жетекши болып киятырған Дортмундтың «Боруссия» клубы турнир фаворитлеринен бири Францияның «ПСЖ» клубын өз майданында қабыллап, 1:1 ойнады.

Усы топардағы екинши ойында болса, Италияның «Милан»ы Англияның «Ньюкасл» клубын 2:1 есабында жеңип, Европа лигасына жол алды.

Өз топарында плей-офф мәселесин мүддетинен алдын шешиўге ерискен «Барселона» сапарда «Антверпен» мийманы болып, 2:3 есабында жеңилиске ушырады.

Ал, чемпионлар лигасында жеңимпазлыққа тийкарғы даўагер «Манчестер Сити» Белградқа сапар етип, ол жерде «Црвена Звезда» клубы менен ушырасты ҳәм 3:2 есабында жеңиске еристи.

Сондай-ақ, бул турда «Селтик» «Фейеноорд»ты 2:1,  «Атлетико Лацио»ны 2:0, «Порту» «Шахтёр»ды 5:3, «Янг Бойз» «Лейпциг»ти 2:1 есабында жеңип шығыўға миясар болды.

Солай етип, өткерилген 6 тур жуўмағында, «Бавария», «Арсенал», «Реал», «Реал Сосьедад», «Атлетико», «Боруссия Д», «Манчестер Сити», «Барселона», «Копенгаген», «ПСВ», «Наполи», «Интер», «Лацио», «ПСЖ», «Лейпциг» ҳәм «Порту» клублары Европа чемпионлар лигасының кейинги басқышына жолламаны қолға киргизиўге еристи.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.