Боткен қаласында Тәжикстан ҳәм Қырғыз Республикалары ҳүкимет делегацияларының жәрдемши баслықлары Саймўмин Ятимов ҳәм Қамчибек Ташиев арасында мәмлекет шегарасын делимитациялаў ҳәм демаркациялаў бойынша ушырасыў болып өтти. Бул ҳаққында «Ховар» мәлимлеме агентлиги мәлим еткен.

Сөйлесиў даўамында топограциялық-ҳуқықый жумысшы топарлар тәрепинен тәжик-қырғыз шегарасын анықластырыў бағдарында әмелге асырылған жумыслар нәтийжеси додаланды. Қалған участкаларда Тәжикстан-Қырғызстан мәмлекетлик шегарасы жойбар сызығын сыпатлаў жумысын тезирек жуўмақлаў бойынша анық көрсетпе берилди. Сондай-ақ, контакт линиясы жойбарын жуўмақлаў мәселесине де тоқтап өтип, айрықша участкалар бойынша анық ўазыйпалар белгилеп алынды.

Тәжикстан ҳәм Қырғызстанның улыўма шегарасы 970 км. Ҳәзирги ўақытта байланыс сызығының бир неше жүз километри еле анықланбаған ямаса белгиленбеген. Ушырасыўлар тәреплер аймағында гезек пенен өткериледи.

ӨзА