Жақында Дубай қаласында өткерилген халықаралық турнирде ярым финалға шекем жетип барған Нигина Абдураимова, бүгин Францияның Лимож қаласында басланған теннис бойынша W125 категориясына кириўши жарыста өзиниң дәслепки ойынын өткерди.

Улыўмалық сыйлық муғдары 125 мың АҚШ долларын қурайтуғын бул жарыста Нигина швейцариялы Сюзан Бандеччиге қарсы кортқа түсип, онда Абдураимова 6:4, 3:1 есабында жеңиске ерисип атырған ўақытта швейцариялы теннисши ойынды даўам еттире алмайтуғынлығын мәлим етти.

Енди Нигина екинши басқышта россиялы Анна Блинковаға қарсы ойын өткереди.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, Блинкова жәҳән рейтингинде 50, Нигина болса 221-орынды ийелеп тур.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.