Канаданың Торонто қаласында шахмат бойынша халықаралық турнир өзиниң шешиўши басқышына келди.

Улыўма сыйлық муғдары 500 000 АҚШ долларын қурайтуғын бул жарыста дүньяның ең күшли 8 шахматшысы қатарында өзбекстанлы Нодирбек Абдусатторов та қатнаспақта.

Нодирбек турнирдиң таңлап алыў басқышының ең соңғы турында франциялы Максим Вашье-Лагравты 2:1 есабында жеңип шығыўға еристи ҳәм топар басқышын 4-орында жуўмақлады.

Сондай-ақ, бул турда жәҳән чемпионы Магнус Карлсен франциялы Алиреза Фирузжадан 2:1 есабында жеңилген болса,  америкалы Уэсли Со өз ўатанласы Фабиано Каруананы жеңип шығыўға миясар болды.

Соңынан жарыс регламентине муўапық, топар басқышында 3-6-орынды ийелеген шахматшылар ярым финалдың 2 жолламасы ушын өз-ара гүрес алып барды ҳәм онда 4-орын ийеси Абдусатторов Фабиано Каруанаға 2:1 есабында жеңилип қалды.

Екинши жуплықта болса, Ҳикару Накамура Максим Вашье-Лагравты жеңип шықты ҳәм Нодирбек пенен ойын өткерди. Бул ушырасыўда Абдусатторов Накамураны жеңип, ярым финалдың екинши жолламасын қолға киргизди.

Енди турнирдиң 1/2 финалында Магнус Карлсен Фабиано Каруанаға, Нодирбек Абдусатторов Уэсли Соға қарсы ойнайды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.