Кеше футбол бойынша Европа чемпионлар лигасының 6-турынан орын алған ойынлар болып өтти.

Быйылғы жылы өзиниң әжайып ойынлары менен футбол жанкүйерлери нәзерине түсип турған Лондонның Арсенал клубы Нидерландияға сапар етип, «ПСВ» клубы менен 1:1 есабында ойнаўға еристи ҳәм «В» топарында 13 упай топлап топар жетекшиси сыпатында келеси басқышқа жолламаны қолға киргизди.

Ал, усы топардың екинши ойынында болса, Францияның «Ланс» клубы «Севилья»ға қарсы ойын өткерди ҳәм Испания клубын 2:1 есабында жеңип шығыўға еристи. «Ланс» қурамында ойнап атырған өзбекстанлы Абдуқадир Хусанов бул ойынның соңғы минутларында майданға түсти ҳәм командасының жеңиске ерисиўине өзиниң үлесин қосты.

Солай етип, өткерилген 6-турдан соң «Арсенал» ҳәм «ПСВ» клубы чемпионлар лигасының кейинги басқышына, 8 упай топлаған «Ланс» болса, Европа лигасына жол алды.

«А» топарында болса, «Бавария»  «Манчестер Юнайтед» клубы мийманы болды ҳәм Англия клубын 1:0 есабында жеңип шықты.

Усы топарда өткерилген екинши ойынында болса, Данияның «Копенгаген» клубы Түркияның «Галатасарай»ына қарсы майданға түсти ҳәм 1:0 есабында жеңиске еристи.

Бул топарда «Бавария» ҳәм «Копенгаген» турнирдиң келеси басқышына жол алған болса, «Галатасарай»ға Европа лигасының жолламасы несип етти.

«C» топарында болса, Мадридтиң «Реал» «Унион Берлин» клубы менен ушырасып, оларды 3:2 есабында жеңип шықты ҳәм топар жетекшиси сыпатында келеси басқышқа жол алды.

Усы топардың екинши жуплығында болса, «Наполи» Португалияның «Брага» клубы менен ойнап, өз қарсыласын 2:0 есабында жеңиўге миясар болды ҳәм 10 упай менен кейинги басқышқа шықты.

4 упай топлаған «Брага» болса, Европа лигасына жоллама алды.

«Д» топарында өткерилген «Интер» ҳәм «Реал Сосьедад» ойынында болса, есап ашылмады. Ал, усы топардағы екинши ойында болса, «Бенфика» Австрияның «Зальцбург»ин 3:1 есабында жеңилиске ушыратты ҳәм Европа лигасына жол алды.

Ал, 12 упайдан топлаған «Интер» ҳәм «Реал Сосьедад» топар жетекшилери сыпатында чемпионлар лигасында өзиниң жүрисин даўам етеди.

 Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.