Канаданың Торонто қаласында шахмат бойынша «Champions Chess Tour Finals 2023» турнири болып өтпекте.

Улыўма сыйлық муғдары 500 000 АҚШ долларын қурайтуғын жарыстың финаллық басқышында дүньяның сегиз күшли гроссмейстери қатарында Нодирбек Абдусатторов та қатнаспақта.

Кеше өткерилген бесинши ҳәм алтынша тур ушырасыўларында Нодирбек америкалы гроссмейстерлерге қарсы ойын өткерди.

Олардың дәслепкисинде Абдусатторов Ҳикару Накамураны 2:1 есабында жеңген болса, Уэсли Со менен үш партияда да теңбе-тең ойнады.

Өткерилген 6-турдан соң Абдусатторов 3 упай менен турнир кестесиниң 4-орнын ийелеп тур. Ал, америкалы Уэсли Со 6 упай менен биринши орынды, 5 упай менен норвегиялы Магнус Карлсен ҳәм америкалы Фабиано Каруаналар екинши ҳәм үшинши орынларды ийелеп киятыр.

Енди Нодирбек келеси турда франциялы  Максим Вашьер-Лаграв пенен ойынға түседи.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.