Италияның «Наполи» клубы ҳүжимшиси Виктор Осимхен Африкада жылдың ең жақсы футболшысы деп жәрияланды.

Нигериялы футболшы даўыс бериў барысында ол белгили футболшылар Муҳаммад Салоҳ ҳәм Ашраф Ҳакимийди изде қалдырыўға еристи.

Соны айтып өтиўимиз керек, Осимхен 2022/23-жылғы мәўсимде «Наполи» қурамында Италия чемпионы болды ҳәм қарсыласлары дәрўазасына 26  гол урыўға миясар болды. Ал, Нигерия сайланды командасы қурамында болса, 10 гол урыўға еристи.

«Ал-Ҳилол» ҳәм Марокко сайланды командасы дәрўазаманы Яссин Буну Африкада жылдың ең жақсы дәрўазаманы деп табылды.

Марокко сайланды командасы менен Қатарда болып өткен жәҳән чемпионатында өз шәкиртлери менен ярым  финалға шекем жетип барған Валид Реграги жылдың ең жақсы тренери сыйлығын жеңип алыўға миясар болды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.