8-11-декабрь күнлери Қазақстанның Шымкент қаласында спорттың «Ўзбек жанг санъати» түри бойынша Азия кубоги жарысы болып өтти.

Бул жарысқа Бозатаў районы спорт мектебиниң тәрбияланыўшылары да табыслы қатнасып қайтты.

Атап айтқанда, Гүлқумар Сапарбаева ҳәм Перийзат Нийетбаевалар алтын медальды жеңип алған болса, Әдемай Таңатарова гүмис, Гүлдана Жолдасбаева қола медальларын қолға киргизиўге миясар болды.

Сондай-ақ, бул жарыста спортшылардың тренери Раўаж Жақсымов та ересеклер арасында қатнасып, 2-орынды жеңип алыўға еристи.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.