Планетамыздың бүгинги күндеги ең күшли ҳаял теннисшиси Ига Свёнтек WTA тәрепинен 2023-жылдың ең  жақсы теннисшиси деп табылды.

Бул польшалы теннисшиниң избе-из екинши мәрте бундай табысты қолға киргизиўи болып, бул сыйлыққа Игадан тысқары беларуслы Арина Соболенко, америкалы теннисшилер Кори Гофф, Жессика Пегула, қазақстанлы Елена Рыбакина ҳәм чехиялы Маркета Вондроушовалар талабан болған еди.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, 2023-жылы Ига Свёнтек «Үлкен Дубылға» дүркинине кириўши «Ролан Гаррос» ҳәм  жуўмақлаўшы WTA турнири, сондай-ақ, Пекин, Доха, Штутгарт ҳәм Варшавадағы жарысларда бас сыйлықты қолға киргизиўге еристи.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.