Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген спорт мектебиниң спорт залында гандбол бойынша ерлер ҳәм қызлар арасында Өзбекстан чемпионаты болып өтти.

Онда ерлер арасында Ташкент қаласы командасы биринши, Қарақалпақстан Республикасы командасы екинши ҳәм Сурхандәрья ўәлаяты командасы үшинши орынларды жеңип алыўға миясар болды.

Қызлар арасында болса, хорезмли қызлар Өзбекстан чемпионы атағын жеңип алған болса, екинши орын Әндижан ўәлаяты командасына, үшинши орынды Қарақалпақстан Республикасы командасына несип етти.

Жарыс соңында жеңимпазлар медаль, диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.