“Aнадолу” агентлигиниң хабарына бола, Израиль әскерий самолёты Газа секторы арқасындағы Хон Юнус ҳәм Рафоҳ қалаларын байланыстырыўшы суў қубырының оққа тутты.

Жедел ҳаўа ҳүжими әмелге асырылып, аймақтағы тийкарғы жол пүткиллей жарамсыз ҳалға келтирилди. Нәтийжеде қалалар арасында автомобиль қатнаўы тоқтатылды.

Тийкарғы жол ҳәм суў қубырының бомбаланыўы Израиль Хон Юнусты қоршаўды күшейтип, суў тәмийнатын тоқтатып, жәрдем ҳәм азық-аўқат өнимлериниң қалаға жетип барыўына тосқынлық етип атырғанын аңлатады.

Хон Юнуста Газа ҳәм Қубла Газадан көширилген жүз мыңлаған палестиналы бар. Ҳәзир сектордағы ең халық көп бул қалада, шама менен, 600 мың адам жасайды.

ӨзА