Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигинде 8-декабрь – Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 31 жыллығы мүнәсибети менен “Мениӊ Конституциям 31 жаста” сүрени астында ушырасыў болып өтти.

Министрдиӊ биринши орынбасары Акбар Қозиев ҳәм басқада шығып сөйлеўшилердиӊ атап өткениндей, соӊғы жыллары түрли тараўларда кеӊ көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Итибарлы тәрепи, бул процессте ерисилип атырған нәтийжелерди беккемлеўде  жаӊа редакциядағы Конституцияныӊ орны айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Анығырақ айтқанда,  жаӊа редакциядағы Конституция – халықшыл мәмлекет, турақлы раўажланыў ҳәм абадан турмыс тийкары болып хызмет етпекте.

Әсиресе, Бас нызамымыз арқалы инсанныӊ ҳуқықлары менен еркинликлерине болған көзқарас пүткиллей жаӊа басқышқа алып шығылғанлығы, усы ҳуқықлардыӊ қорғалыўы ҳәм оларды сапластырыў бағдарында алып барылып атырған реформалар  мәмлекетимиздиӊ раўажланыўына, халқымыздыӊ абадан турмысына хызмет етпекте.

Илажда Конституциядағы жаӊаланған статьялар ҳәм нормалар, киргизилген концептуаллық өзгерислер бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.