Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-август күнги “Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың жаңа системасын енгизиў илажлары ҳаққында” ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша республикамызда бир қатар жумыслар алып барылмақта.

Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 31 жыллығы мүнәсибети менен  Мойнақ районында “Меҳир дәптер” ге киргизилген 4 балаға өзлериниң тилеги ҳәм қызығыўшылығына қарай саўғалар берилди.

Илажда район ҳәкимлиги,  Ҳаял-қызлар бɵлими, ҳуқық қорғаў уйымларының ўәкиллери қатнасып, елимизде  жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды социаллық қорғаўға қаратылп атырған айрықша итибарға тоқтап өтти. Ең баслығы олардың ҳуқықлары Тийкарғы Нызамымыз бенен қорғалғанлығы айрықша атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.