Халықаралық жынаят суды бас прокуроры Карим Хан Газадағы бийгүна халыққа жәрдем жеткерип берилиўине арнайы түрде тосқынлық етиў урыс жынаяты сыпатында баҳаланатуғынын ескертти.
Ол өз баянатында оқ атыўды тоқтатыўды нәзерде тутыўшы 99-статьяға сүйенип, кең көлемли гуманитарлық жәрдеми оперативлик пенен Газаға киргизилиўине руқсат бериў керек екенлигин атап өтти.
Сондай-ақ, «Мен имканияты болғанынша анық сөзлер менен тәкирарлап айтпақшыман, әпиўайы халыққа жәрдем жеткерилиўин арнайы түрде иркип қойыў Халықаралық жынаят суды Рим статусына бола, урыс жынаят сыпатында қабыл етилиўи мүмкин», деди.
Бас хаткер Антониу Гуттериш те БМШ Қәўипсизлик Кеңесине жоллаған хатында Израил ҳүжими себепли Газа халқы айрықша қәўип астында қалғаны, тыныш халықты қорғайтуғын қәўипсиз орын жоқ екенлиги, денсаўлықты сақлаў системасының изден шыққанын атап өтти.
ӨзА