Қыс мәўсиминде дем алыў жолы кеселликлериниң күшейиўи бойынша, Қытай Кеселликлерди қадағалаў ҳәм алдын алыў орайы гриппке қарсы шаншыў зәрүрлигин еслетти.

“Синьхуа” агентлигиниң хабар бериўинше, қәнигелер вакцинация вирутың жуғыўы, наўқастың жағдайы төменлениўиниң алдын алатуғын, усы кеселлик себепли өлим қәўипин азайтыў мақсетинде нәтийжели усыл екенлиги атап өтилмекте. Қалаберди, шаншыў медицина шөлкемлерине халықтың мүрәжатын да сезилерли дәрежеде азайтады. Шаншыўдың мақул ўақтына тийисли айырым қәўетерлерге жуўап ретинде, ең қолайлы дәўир кеселлениўдиң ҳәўиж алған ўақты екенлигине орай анықлық киргизди.

Грипп вирусы келтирип шығаратуғын жуқпалы өткир респиратор кеселлик- ОРЗ халық саламатлығы ушын аўыр қәўип туўдырады. Айырым популяция, атап айтқанда, жас бала, кексе ҳәм ҳәмиледар ҳаял, сондай-ақ, созылмалы кеселликке шатылған наўқаста инфекцияның аўыр тәсириниң раўажланыў қәўипи жоқары. Орайдың жуўмағына бола грипп тарқалыўы мектеп, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм кекселер үйлеринде, адамлар тығыз орынларда көп бақланбақта.

ӨзА