БМШ Контртеррор басқармасы ҳәм Өзбекстан президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты арасында меморандумға қол қойылды. Меморандум тийкарғы принциплер ҳәм бирге ислесиў бағдарлары, соның ишинде, басылымлар ҳәм изертлеў мағлыўматларын алмасыў, БМШтың Глобаллық контртеррор стратегиясы шеңберинде биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў, сондай-ақ, тәреплерди қызықтырған басқа да мәселелерди шешиўди сәўлелендиреди.
Усы жылдың 5-декабрь күни Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Нью-Йорктағы штаб-квартирасында Өзбекстан президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеў институты (СРИИ) менен БМШтың Контртеррор басқармасы арасында өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойыў мәресими болып өтти.
Ҳүжжетке БМШ бас хаткериниң орынбасары, БМШ Контртеррор басқармасының баслығы Владимир Воронков ҳәм Өзбекстан президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институтының директоры Элдор Арипов қол қойды.
В.Воронков ҳүжжетлерге қол қойыў мәресиминдеги шығып сөйлеген сөзинде БМШ структуралары менен ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылып атырған итибар ушын Өзбекстан президентине миннетдаршылық билдирди.
Сондай-ақ, ол Өзбекстан ҳүкиметине БМШтың Контртеррор басқармасының жумысына қаржылай үлес қосып атырғаны ушын миннетдаршылық билдирди.
Меморандумның тийкарғы принциплери ҳәм бирге ислесиў бағдарлары, соның ишинде басылымлар ҳәм изертлеў мағлыўматларын алмасыў, БМШтың Глобаллық антитеррор стратегиясы шеңберинде биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў, тәреплерди қызықтырған басқа да мәселелерди шешиўди сәўлелендиреди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги