Қубла Кореяның қаржы министри болыўға талабан Чой Санг-мок мәмлекеттеги демографиялық жағдайды Титаник пенен теңлестирип, халықтың қартайып баратырғанын шешиў ушын тезлик пенен илаж көриўге шақырды, деп хабар бермекте Bloomberg агентлиги.

Сиясатшы бул машқаланы қайсы жол менен шешиў керек екенлигине анықлық киргизбеген. Бирақ, оның атап өтиўинше, туўылыў ҳәм халықтың қартайып баратырғанын дурыс жолға салыў ушын кеминде 30 жыл керек болады. Соның ушын Чой сабырлылық ҳәм демографиялық сыясаттағы өзгерислерге пуқта таярлық көриўге шақырған.

Агентлик материалында, сондай-ақ, Қубла Кореядағы демографиялық жағдай, дүньяның басқа мәмлекетлери менен салыстырылған. Мәмлекетте бир ҳаялға туўра келетуғын туўылыўдың күтилип атырған саны тек ғана 0,77 промиллени қурайды, бул дүньядағы ең төмен көрсеткишлердиң бири болып есапланады. Мысал ушын, Корея сыяқлы демографиялық машқалалар Японияда да бир ҳаялға 1,33 туўылыў туўра келеди.

Алдыныр-ақ Қубла Корея жасты есаплаўдың дәстүрий усылынан ўаз кешип, рәсмий халықаралық системаға өтетуғыны белгили болған еди. Нызам қабыл етилиўден алдын, мәмлекетте жас корейс дәстүрлери ямаса Арқа Азияда жасты есаплаў системасы деп аталатуғын система жәрдеминде есапланған. Оған бола, туўылғанында бала әллеқашан бир жаста деп есапланған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги