Нөкис қаласындағы Жаслар орайында Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы, Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң шөлкемлестириўи менен қарақалпақ тилине тил бийлиги берилгенине 34 жыл ҳәм 8-декбарь-Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 31 жыллығына бағышланып, «Бәйги» атамасындағы таңлаў өткерилди.
Таңлаў әдебияттың поэзия бағдары ҳәм сүўретлеў өнери бойынша өткерилип, онда 14 жастан 30 жасқа шекемги қәбилетли жаслар қатнасты.
Поэзия бағдарына Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист Дәлибай Мәмбетмуратов, Қарақалпақстан халық билимлендириў ағласы Сейдин Амирлан, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы Аллаяр Дарменов, сүўретлеў өнерине Қарақалпақстан халық художниги, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Барлықбай Айтмуратов, художник Рустем Баймурзаев төрешилик етти.
Поэзияда қатнасыўшылар өзлериниң алдыннан жазылған қосықларын сахнада дәсме-дәс айтыс формасында оқып берди, сүўретлеў өнеринде болса, берилген тема бойынша сол жердиң өзинде сүўрет салды.
Таңлаў барысында төрешилер дөретиўшилерге өзлериниң пикирлерин билдирип, баҳалы кеңеслерин берди.
Таңлаў жуўмағында поэзия бағдары бойынша 1-орынды Саҳибжамал Сырғабаева, 2-орынды Ринат Хожамуратов ҳәм 3-орынды Әбдирашид Исмайыловлар ийелеген болса, сүўретлеў өнери бойынша Еламан Қазақбаев биринши, Үмитжан Махсетов екинши ҳәм Нилуфар Бекбаева үшинши орынға миясар болды. Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Перуза Яқупбаева,
Бердақ атындағы ҚМУдың қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика
факультети журналистика қәнигелиги студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги