Бүгин инсаният және бир глобал қәўип алдында турыпты. Климат өзгериўи менен байланыслы бул машқаланың тәсири пүткил планетамыз халқының саламатлығына аўыр қәўип салмақта. Аномал ыссылық, суў тасқыны, тоғай өртлери, муздың ериўи, теңиз қәддиниң көтерилиўи… Бул факторлар Жер шарының түрли орынларында өлим жағдайының көбейиўи, кеселлик санының артыўына алып келмекте.
Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң соңғы таллаўларына бола, кейинги 20 жыл ишинде 65 жастан үлкен инсанлар арасында ыссы температурадан қайтыс болыў көрсеткиши 70 процентке артқан. Буннан тысқары, таза ишимлик суўының тамтарыслығы 5 жасқа шекемги балалар арасында алдын алыў мүмкин болған кеселликлерден өлим жағдайының тийкарғы себеплеринен бирине айланған. Қалаберди, ҳаўаның патасланыўы себепли келип шығатуғын кеселликлер ҳәр жылы 7 миллион адамды өмирден ерте алып кетпекте.
ЖДСШ бас директоры Тердос Гебрейесустың пикиринше, егер жағдай оңланбаса, келеси он жыллықта климат өзгериўи менен байланыслы факторлар ҳәр жылы 250 мың адамның өлимине себеп болыўы мүмкин. Ҳәзир үш миллиардтан көп адам экологиялық қыйын регионларда жасамақта.
ӨзА