Жәҳән баспасөзи Өзбекстан ҳаққында

Бирлескен Араб Әмирликлери мәлимлеме агентлиги – «WAM» Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Шайх Муҳаммад бин Зоид Ол Наҳаянның мирәт етиўине бола Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Климат өзгериўи бойынша конференциясында қатнасыў ушын еткен әмелий сапары, сондай-ақ, еки мәмлекет жетекшилериниң ушырасыўы ҳаққында мақала жәриялады.

Мақалада еки тәреплеме қатнасықтың әҳмийетли мәселелери көрип шығылғаны, Өзбекстан менен БАӘ арасындағы көп тәреплемели байланыслар турақлы ҳәм жедел раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилген.

Басылым жыл басынан берли товар алмасыў 30 процентке артқаны, қоспа кәрханалар саны артып атырғаны, тиккелей ҳаўа қатнаўының кестеси кеңейип атырғаны, еки мәмлекет жетекши компанияларының қатнасыўындағы биргеликте жойбарлар портфели 4 миллиард долларға жеткенин атап өткен.

Әмелий бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мақсетинде қатнасықларды кең көлемли стратегиялық шериклик дәрежесине алып шығыўда мәпдарлық тастыйықланған.

Муҳаррама Пирматова, ӨзА