МҚХ шегара әскерий бөлимлериниң шөлкемлестирилгенине 25 жыл толыўы мүнәсибети менен пайтахтымызда жайласқан Жас тамашагөйлер театрында әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары ушын концерт бағдарламасы шөлкемлестирилди.

Илажды шегара әскерий бөлими подполковниги Ш.Ибадуллаев ашып берип, қатнасыўшыларды байрам менен қызғын қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.

Болып өткен концерт бағдарламасында Қарақалпақстан Республикасы мәденият министирлиги, Өзбекстан мәмлекетлик филормониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими, «Айқулаш» ансамбли ҳәм бир қатар елимизге белгили талантлы мәденият  тараўы ўәкиллериниң атқарыўында йошлы намалар, аяқ ойынлар ҳәм қосықлар атқарылып, байрам жоқары кейпиятта даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.