1-декабрь Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 34 жыл толыўы мүнәсибети менен Тарийх факультетинде байрам кешеси болып өтти.
Байрамды Тарийх факультети Жаслар ислери бойынша декан орынбасары К.Нажимов ашып берди ҳәм бәршени байрам менен қутлықлады. Қарақалпақ тил билими кафедрасы үлкен оқытыўшысы PhD Х.Зайрова өз баянаты менен қатнасып, тилимиздиң тарийхы, бүгини ҳәм келешеги бойынша әҳмийетли мәселелерди атап өтти.
Соң, Тарийх факультети студент-жаслары тәрепинен таярланған саз сәўбет пенен даўам етти.
Факультетимиз талантлы жаслары атқарыўында Қарақалпақ тилиниң гөззаллығын, уллылығын тәрийиплеўши көркемлеп оқыўлар, сахналық көринис, қыз-жигитлер айтысы, дуўтар намалары ҳәм миллий қосық, аяқ-ойынлар менен даўам етти.
Байрамда факультет тюторлары, студент жаслар ҳәм мийманлар қатнасты.
Миллий мақтанышымыз болған ана тилимиз байрамы жоқары руўхта болып өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги