Нөкисте өткерилген «МИЙИРБИЙКЕ-2018» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышында Нөкис районлық медицина бирлеспеси тез жәрдем бөлиминиң мийирбийкеси Ҳүрзия Идирисова биринши орынды ийеледи.

Таңлаўға қалалық, районлық басқышларда, арнаўлы медицина мәкемелеринде өткерилген басқышларда жеңимпаз болған 21 мийирбийке қатнасып өз-ара беллести.

Мийирбийкелер беллесиўи үш шәрт бойынша әмелге асырылды. Биринши шәртте олардың медицина тараўы бойынша әмелий билимлери сынақтан өтти. Соң олардың теориялық билимлери берилген сораўлар арқалы анықланды. Ал, үшинши шәртте мийирбийкениң өзи кәсиби, жасап атырған қаласы, районы ҳаққында мағлыўмат берип, жумыс ислеп атырған аймағындағы жаңалықлар, өзгерислер, реформалардан хабардарлығын көрсетти. Таңлаў шәртлериниң орынланыўы жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары ҳәм қәнигелери тәрепинен баҳаланып барылды.

Жарыс жуўмағы бойынша екинши орын Республикалық балалар көп тармақлы медицина орайының мийирбийкеси Гүлжамал Абыллаеваға несип еткен болса, Кегейли районлық медицина бирлеспеси туўыў бөлиминиң мийирбийкеси Рая Аманкулова үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм қымбат баҳалы естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы