AҚШ Мәмлекетлик хаткери Энтони Блинкен Израиль ҳәм ХAМAС арасындағы қарама-қарсылықта “гуманитар пауза”ны созыў мәселелерин додалаў ушын Тель-Авивке жетип барды.
Блинкенниң 7-октябрьден баслап Жақын Шығысқа үшинши сапарының биринши бәндиргиси Израиль болды. Сапар барысында ол мәмлекеттиң рәсмийлери менен “гуманитар пауза”, ХAМAС қол астындағы тутқынларды азат етиў ҳәм Газаға жәрдем мәселелерин додалаўы күтилмекте.
ӨзА