Қырғызстан Жогорку Кенешиниң көпшилик депутатлары мәмлекетлик байрақтың өзгериўин нәзерде тутыўшы нызам жойбарын биринши оқыўда мақуллады. Бул басламаны 66 депутат қоллап-қуўатлады, 8 депутат қарсы даўыс берди.

Усыныста Қырғыз Республикасы байрағындағы нур формасын толқын тәризлиден тик тәризге өзгертиў, сондай-ақ, сызық санын үшеўден төртеўге арттырыў сәўлеленген.

Байрақты өзгертиў жойбары Қырғызстан парламенти спикери Нурланбек Шакиев ҳәм депутат Улан Примов тәрепинен таярланған.

Егер нызамға киргизилежақ өзгерис парламентте екинши ҳәм үшинши оқыўдан өтип, кейин Президент тәрепинен қол қойылса, байрақ өзгереди.

Мәмлекет басшысы әллеқашан бул идеяны қоллап-қуўатлайтуғынын билдирген.

ӨзА