Ҳүжжетти 91 мәмлекет, соның ишинде, Өзбекстан ҳәм Орайлық Азияның басқа мәмлекетлери қоллап-қуўатлады. 8 мәмлекет, соның ишинде, АҚШ, Уллы Британия ҳәм Канада оған қарсы шықты. Және 62 мәмлекет бийтәреп қалды.
Голан төбеликлери – шама менен 1800 квадрат км майданды ийелейди, 1967-жылғы урысқа шекем Сирияның бир бөлеги еди. Урыс ўақтында Израиль төбеликлер үстинен қадағалаўды қолға киргизди ҳәм кейин ала Голанды еврей мәмлекетине нызамсыз түрде қосатуғын нызамларды қабыл етти. БМШ Қәўипсизлик Кеңеси бул ҳәрекетти қаралады.
Сирия елеге шекем Голан төбеликлерин өз аймағы деп есаплап, олардың қайтарылыўын Израиль менен тынышлық шәртнамасына қол қойыўдың ең әҳмийетли шәрти деп биледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги