БМШ Бас Ассамблеясы Израиль ҳүкимети ҳәрекетлерин қаралап, избе-из резолютциялар қабыллап, антисемитизмниң өзгешелигин көрсетпекте. Усы мәмлекеттиң БМШтағы турақлы ўәкилханасы дипломаты Реут Шапир Бен-Нафтали усындай айыплаў сәўлеленген баянат берди.
– Ассамблея жыл сайын тек ғана Израильды айыплап резолюция шығармақта, ХАМАС террористлери жынаяты бойынша болса үнсизлик сақламақта, – деди ол БМШ БА Палестина бойынша мәжилисинде сөзге шығып. – Бул еки тәреплеме стандарт антисемитизмниң классикалық көриниси. Биз БМШ ўәкиллиги ҳәм қорларынан сиясий мақсетте пайдаланыўды тоқтатыў, сондай-ақ, Израильды қаралаў кампаниясын сапластырыўға шақырамыз.
Октябрь ақырында Израильдың БМШтағы турақлы ўәкили Гилад Эрдан ҳәм Бас Ассамблея Жақын Шығыс бойынша резолюция қабыллағаннан кейин БМШ нызамлы статусын жоғалтты, деп атап өтип, буған резолюцияда ХАМАС ҳәрекети қараланбағанлығын себеп етип көрсеткен еди.
ӨзА