Усы күнлерде Социаллық қорғаў агентлигиниң жуўапкерлери хызмет сапары менен АҚШтың Нью-Йорк қаласында болып тур. Бул ҳаққында агентликтиң мәлимлеме хызмети хабар берди.
Усы жылдың 27-ноябрь күни делегация АҚШтағы жумысшы сапар илажлар бағдарламасы шеңберинде БМШ Раўажланыў бағдарламасының администраторы Ахим Штайнер ҳәм БМШРБ Европа ҳәм Орайлық Азия регионы бойынша директоры Ивана Живкович арасында сөйлесиўлер өткерилди.
Социаллық қорғаў, кәмбағаллық ҳәм социаллық теңсизликке қарсы гүресиў, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламлары, ҳаял-қызлар ҳәм майыплығы болған шахсларды жумыс пенен тәмийинлеўди хошаметлеў, сондай-ақ, кәсиплик таярлық бағдарламаларын әмелге асырыў тараўында алдынғы тәжирийбе ҳәм комплексли стратегияны әмелге асырыў мәселелери бойынша бирге ислесиў келисимине ерисилди.
Ушырасыў жуўмағында еки тәреплеме байланысларды беккемлеў, сондай-ақ, тийкарғы бағдарлар бойынша өз-ара бирге ислесиў жәрдемин көрсетиўди нәзерде тутатуғын еки тәреплеме өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойыў мәресими болып өтти.
Н.Зиёдуллаева,
ӨзА