29-ноябрь күни Газа секторындағы жағдай бойынша БМШ Қәўипсизлик Кеңесиниң жоқары дәрежедеги мәжилиси өткериледи. Бул ҳаққында Қытай сыртқы ислер министрлигиниң рәсмий ўәкили Ван Вэньбин мәлим етти. КП Орайлық Комитети Сиясий бюросының ағзасы, Қытай Халық Республикасы сыртқы ислер министри Ван И мәжилиске басшылық етиў ушын Нью-Йоркқа барады.
– Қытай Кеңестен халықаралық тынышлықты, қәўипсизликти сақлаў бойынша тийкарғы жуўапкершилигин орынлаўы, улыўмалық ҳәрекетте жеделлик көрсетиўин күтеди,-деди дипломат. – Жоқары дәрежедеги мәжилис арқалы терең алмасыўды раўажландырыўға келисип алыў, анық илажлар көриў ҳәм Газадағы гуманитарлық кризисти жумсартыў, оқ атыўды, әскерий ҳәрекетти тоқтатыў, бийгүна халық ҳәм пуқараларды қорғаўға мүнәсип үлес қосыўға ерисиўге үмит етемиз. Мақсет «Еки халық ушын еки мәмлекет» принципи тийкарында Палестина машқаласын кең көлемли, әдил ҳәм узақ мүддетли тәртипте шешиўге жәрдемлесиў.
Атап өтилиўинше, БМШ ҚК тәрепинен Израил-Палестина тартысы басланғаннан кейин қабыл етилген дәслепки резолюция оқ атыўды тоқтатыў жолында дәслепки қәдемди қойыў имканиятын берди ҳәм гуманитарлық ҳүжим тарқалыўының алдын алыўға жәрдемлести.
ӨзА