Қарақалпақстанлы спортшылар регби-7 бойынша «Open Central Asia Championship» халықаралық жарысында жоқары нәтийжелерге еристи.

Усы жылдың 24-26-ноябрь күнлери Ташкент қаласында Орайлық Азия мәмлекетлери арасында регби-7 бойынша «Open Central Asia Championship» халықаралық жарысы болып өтти.

Жарысқа Орайлық Азия мәмлекетлериниң ерлер ҳәм ҳаял-қызлар сайланды командалары қатнасты.

Жарыс жуўмағында Өзбекстан ерлер биринши сайланды командасы 1-орын, екинши сайланды командасы 2-орын, ҳаял-қызлар биринши сайланды командасы 2-орын ҳәм екинши сайланды командасы болса сыйлы 3-орынды ийеледи.

Әҳмийетлиси, Өзбекстан сайланды командалары қурамында Қарақалпақстан Республикасының регбиши спортшылары мүнәсип қатнасып, жоқары нәтийжени қолға киргизиўге үлкен үлес қосты.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги