Нөкис қаласында республикамызда жайласқан жоқары оқыў орынлары студентлери арасында спорттың баскетбол, мини-футбол ҳәм шахмат түри бойынша «Прокурор кубоги» ушын жарыслар өткерилди.
Кескин беллесиўлерге бай болып өткен ойынлар жуўмағында, баскетбол бойынша ерлер арасында Өзбекстан мәмлекетлик Денетәрбия ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиалы командасы биринши, Қарақалпақстан медицина институты ҳәм Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты командалары сыйлы екинши ҳәм үшинши орынларды ийелеўге миясар болған болса, қызлар арасында Қарақалпақ мәмлекетлик университети жаслары биринши орынды жеңип алды.
Ал, екинши ҳәм үшинши орынлар Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик Денетәрбия ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиалы командаларына несип етти.
Мини-футбол бойынша өткерилген жарыста болса, ҚМУ командасы биринши, Өзбекстан мәмлекетлик Денетәрбия ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиалы екинши ҳәм Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты командалары үшинши орынды жеңип алыўға миясар болды.
«Ақыл гимнастикасы» деп аталатуғын шахмат бойынша өткерилген жарысларда ерлер арасында, биринши орынды ийелеген Аббаз Аўезимбетовқа тең келетуғын спортшы табылмады. Ал, қызлар арасында өткерилген беллесиўлерде Айна Тораева «Прокурор кубоги»ниң жеңимпазына айланды.
Жарыс соңында, жеңимпаз командалар ҳәм спортшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы