Египеттиң Шарм Эл-Шейх қаласында Халықаралық кылышласыў федерациясының (FIE) гезектеги Конгресси өткерилди.

Миллий Олимпиада комитетиниң мағлыўматларына бола, илаж даўамында артта қалған дәўир даўамында исленген жумыслардың есап-санағы өткерилип, жаңа жыл ушын режелер көрип шығылды.

Конгрессте Өзбекстан қылышласыў федерациясы администрациясы да қатнасты. Жуўмақта FIE рейтингинде биринши орынды ийелеген ең жақсы спортшы ҳәм топарларды сыйлықлаў мәресими өткерилди.

Әҳмийетлиси, сабляшы жигитлеримизден ибарат Өзбекстан жаслар сайланды командасы усы категорияда дүньяның ең жақсы топары деп тән алынды.

Сабляшыларымыз жыл даўамында өткерилген жаслар арасындағы жәҳән кубоги басқышларында 4 алтын, 3 гүмис ҳәм 2 бронза медальларын қолға киргизген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги