Нөкис қаласындағы республикалық жеке гүрес түрлери бойынша қәнигелестирилген спорт мектебинде белбеўли гүрес бойынша 2008-2009-жыллары туўылған (U-15) жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында Өзбекстан чемпионаты болып өтти.
Онда мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан 300 ге шамалас жас палўан қатнасып, белбеўли ҳәм еркин гүрес бағдары бойынша күш сынасты. Республикамыздың жас палўанлары да жеңимпазлар қатарынан орын алды.
Атап айтқанда, белбеўли гүрес бағдары бойынша жас өспиримлер арасында 38 килограмм салмақта Исабек Бийсенбаев, еркин гүрес бағдарында қызлар арасында 33 килограмм салмақта Жансая Аллиярова, 48 килограмм салмақта Тумарис Қалабаева, +52 килограмм салмақта Айсулыў Қыдырбаева, усы бағдарда жас өспиримлер арасында 50 килограмм салмақта Дәўранбек Жумамуратовлар Өзбекстан чемпионлары болды.
Жеңимпазларға, сыйлы орын ийелерине диплом, медаль ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги