Бүгин Қаршы ҳәм Алмалық қалаларында жайласқан орайлық стадионда футбол бойынша Азия чемпионлар лигасында 5-тур ойынлары болып өтеди.

Олардың биринде Рўзиқул Бердиев басшылығындағы «Насаф» командасы Иорданияның  «Ал-Файсали»  клубы менен өз-ара күш сынасса, Алмалықтың  «ОКМК»сы Карим Бензема ойнап атырған «Ал-Иттихад» клубына қарсы майданға түседи.

«Насаф» ҳәм «Ал-Файсали» клублары арасындағы ойын Ташкент ўақты менен саат 19:00 де, «ОКМК» ҳәм «Ал-Иттихад» клублары арасындағы ушырасыў саат 21:00 де басланады.

Соны айтып өтиўимиз керек, «Насаф» клубы өткерилген 4 турдан соң 7 упай менен өз топарында екинши, «Ал-Файсали» болса 3 упай менен ең соңғы орынды ийелеп тур.

Ал, Карим Бензема ойнап атырған араб клубы болса,  «С» топарында 9 упай менен биринши орынды ийелеп киятыр.

Солай етип, бүгин алмалықлы футбол жанкүйерлери франциялы футбол жулдызының ойынын өз көзлери менен көриўине болады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы