Нөкис қаласындағы 1-санлы жас өспиримлер спорт мектебинде 3-декабрь Халық аралық майыпларды қорғаў күни мүнәсибети менен майыплығы болған балалар ҳәм үлкен жастағылар арасында спорт жарысы өткерилди.

Оның ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов, “Өзбекстан арнаўлы олимпиадасы” жәмийетлик бирлеспеси бас хаткери А.Казакова, “Өзбекстан арнаўлы олимпиадасы” жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы  Г.Турсымуратова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мәмлекетимизде майыплығы болған шахсларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың саламатлығын беккемлеў, спорт пенен шуғылланыўы ушын жаратылып атырған шараятларға тоқтап өтти.

Жарысқа Нөкис қаласындағы 26, 10-санлы, Хожели районындагы 17-санлы арнаўлы балалар бақшаларының тәрбияланыўшылары, 4, 10- санлы арнаўлы, 3-санлы республикалық арнаўлы мектеп-интернатларының оқыўшылары қатнасты. Олар спорттың женил атлетика, стол тенниси, волейбол, бадминтон, шашка, кеўилли стартлар түрлери бойынша жарысты.

Қызықлы өткен жарыс жуўмағында барлық спорт түрлери бойынша жеңимпазлар анықланды. Оларға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, “Саламат әўлад ушын” қайырқомлық фонды Қарақалпақтан филиалы  ҳәм исбилерменлер тәрепинен саўғалар тапсырылды.


Жарыс қатнасыўшыларына “Тумарис” ресторанында байрам дастурханы жайылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги