Ташкент қаласындағы «Алпамыс» спорт сарайында Өзбекстан Республикасы Президенти сыйлығы ушын гүрес бойынша өткерилген дүнья профессионаллары сериясы халықаралық турнириниң финал беллесиўлери таң қаларлық беллесиўлерге байлығы менен ажыралып турды.

Абырайлы жарыстың салтанатлы ашылыў мәресиминде жаслар сиясаты ҳәм спорт министри, Халықаралық гүрес ассоциациясы президенти Гейдар Фармон, Өзбекстан гүрес федерациясы баслығы, Өзбекстан Республикасы прокуроры Ниғматилла Йўлдошев, континентлик гүрес конфедерациялары, 20 дан аслам мәмлекетлерден келген миллий гүрес федерацияларының ўәкиллери «World Series Pro» турнирлери Африка, Азия, Европа, Америка континентлеринде үлкен табыс пенен шөлкемлестирилгени миллий спортымыз гүрестиң халықаралық раўажланыўына теңсиз үлес қосқанын атап өтти.


























Өзбекстан Республикасының гимни жаңлап, жедел беллесиўлерге руқсат берилди. Дүньяның ҳәр қыйлы мәмлекетлеринен келген гүресшилер арасындағы кескин беллесиўлерди жүзлеген спорт ықласбентлери дыққат пенен бақлап барды. Әсиресе, елимиз палўанларының шығыўлары ықласбентлерде бир әлем заўық оятты. Өткерилген беллесиўлер нәтийжесинде ер адамлар арасында 66 килограмм салмақта сайланды командамыз ағзасы Артём Штурбабин иранлы Мажид Воҳидти жеңип шығып, Өзбекстан Республикасы Президенти сыйлығына ийе шыққан болса, 2, 3-орынлар Греция ҳәм Грузия ўәкиллерине несип етти. 81 килограмм аўырлықта ўатанласымыз, жәҳән чемпионаты, Азия ойынларының жеңимпазы Умид Эсанов барлық қарсыласларынан үстин екенлигин көрсетти. Сыйлы орынлар Египет, Доминикан Республикасы ўәкиллерине тийисли болды. 90 килограмм аўырлықта Өзбекстан Республикасы Президенти сыйлықларына Грузия, Латвия, Қырғызстан, Мексика гүрес федерациясының спортшылары ийелик етти.

Ер адамлар арасында абсолют салмақта болып өткен беллесиўлерде жеңимпазлыққа талабанлар арасында Греция, Грузия, Мексика мәмлекетлериниң ўәкиллери бар еди. Бирақ, дәслепки сайлаў беллесиўлеринде сайланды командамыз ағзасы, еки мәрте жәҳән чемпионы Муҳсин Ҳисомиддинов алдын Грузия ўәкилин жеңип шыққан болса, оннан кейин Греция палўанын артта қалдырды. Усы тәризде финалда ўатанласымыз қырғызстанлы Бекболот Токтогонов пенен ушырасты. Ықласбентлердиң қоллап-қуўатлаўы, Муҳсинниң шаққанлығы Өзбекстан Республикасы Президенти сыйлығының елимизде қалыўын тәмийинледи. Усылайынша халықаралық жарыста жеңимпазлыққа ерискен спортшы 10 мың, 2-орын ийеси 5 мың ҳәм 3-орынға ерискен гүресшилер 1 000 АҚШ доллары менен сыйлықланды.

Жеңимпаз ҳәм сыйлық орын ийелерин сыйлықлаў мәресиминде Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги, Халықаралық гүрес ассоциациясы, Миллий олимпиада комитети, Өзбекстан гүрес федерациясының жуўапкерлери қатнасты.

Тўлқин РЎЗИЕВ,

ӨзАның хабаршысы