Индонезияда өтип атырған 17 жасқа шекемги футболшылар арасында жәҳән чемпионатында Өзбекстан жаслар сайланды командасы шерек финал жолламасын қолға киргизди.

Жакарта қаласындағы «Жакарта» стадионында өткен 1/8 финал басқышында Өзбекстан ҳәм Англия жаслар сайланды командасы өз-ара беллести. Ушырасыўдың 4-минутында Лазизбек Мирзаев топқа ақырына шекем умтылып соққы бериўге ҳәрекет етти. Дәрўазабаннан қайтқан топты Әмир Саидов басы менен дәрўазаға жоллады ҳәм командамыз 1:0 есабында алдынға шығып алды. Тилекке қарсы, бөлимниң 36-минутында Жоэль Ндала бирге-бир жағдайдан үнемли пайдаланып есапты теңлестирди. Екинши бөлимниң 67-минутында Лазизбек Мирзаев жәрийма соққысын сулыў көринисте орынлады ҳәм командамызды алдыға алып шықты. Усы тәризде, сайланды командамыз футбол ўатаны болған Англия командасын 2:1 есабында жеңип шықты.

Енди футболшыларымыз ярым финал жолламасы ушын өтетуғын ойында Франция ҳәм Сенегал командалары арасындағы ойын жеңимпазына қарсы майданға түседи. Бул ойын 25-ноябрь күни болып өтеди.

Жавоҳир Тошхўжаев, ӨзА