Газа секторында Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң палестиналы қашқынларға жәрдем көрсетиў агентлиги (UNRWA)ниң бир жүз сегиз хызметкери қайтыс болған. Бул ҳаққында UNRWA Бас комиссари Филипп Лазарини мәлим етти.
«UNRWAниң 108 хызметкери өлтирилгени тастыйықланды. Мен Бас комиссар сыпатында өз хызметкерлерим ушын еслеў хызметлерин алдыннан режелестириўиме ҳеш қашан исенбеген едим. Бул даўам етпеўи керек», деп жазды ол Х социаллық тармақтағы (бурынғы Твиттер) бетинде.
Жақын Шығыстағы жағдай 7-октябрь күни Газа секторынан Израилға Палестинаның ҲАМАС ҳәрекети жаўынгерлериниң кирип келиўи, Израил менен шегаралас аймақлар халқының өлтирилиўи ҳәм 200 ден аслам, соның ишинде, балалар, ҳаял-қызлар ҳәм кекселердиң гиреўге алыныўы менен бирге кескин қыйынласты.
ҲАМАС ҳүжимин Израилды Қуддустағы Ал-Ақса мешитине қарсы ҳәрекетлерине жуўап деп атады.
Буннан кейин Израил Бас министри Бинямин Нетаньяху мәмлекет урыс жағдайында екени жәрияланды. Мәмлекет қорғаныў күшлериниң жуўап операциясы «Темир қылышлар» деп аталды ҳәм оның мақсети ҲАМАСтиң жоқ етиў есапланады.
Соңғы мағлыўматларға бола, Израил тәрепинде 1,4 мыңнан аслам адам келиспеўшилик қурбаны болған, 5,2 мыңнан аслам адам жарақатланған.
Израилдың Газаға берген соққылары нәтийжесинде, анклав Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң мағлыўматларына бола, 7 мыңнан аслам палестиналылар қайтыс болған ҳәм дерлик 18,5 мың адам жарақатланған.
Бурын, Филипп Лазарини Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Палестиналы қашқынларға жәрдем көрсетиў агентлиги Газа секторындағы гуманитарлық операциясы энергия ресурсларының жетиспеўшилиги себепли тоқтатылып атырғанын мәлим еткен еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги