Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиӊ хаткерлиги 23-26- ноябрь күнлери Шинжан-Уйғур толық ҳуқықлы районы орайы – Урумчи қаласында «2023 – туризм жылы” конференциясы өткериледи, деди ШБШ ҳүкимет басшылары кеӊесиниӊ мәжилисинде шөлкемниӊ бас хаткери Чжан Мин.

ШБШ Самарқанд саммитинде 2023-жылды Туризм жылы, деп жәриялаў ҳаққында қарар қабыллағын.

Чжан Мин ШБШ  мәмлекетлериниӊ ҳүкимет басшыларына усы басламаны қоллап-қуўатлаўды усынды. «Инсан капиталы ШБШниӊ турақлы раўажланыў ушын әҳмийетли дәрек болып қалады», – деп тап өтти Чжан Мин. Ол шөлкем шеӊберинде экономикалық, гуманитар ҳәм басқа бағдарларда алмасыўды жеделлестириўге шақырған.

ӨзА