Өзбекстан Республикасы Автомобиль жоллары комитети басламасы менен 2023-жылдың 18—19-ноябрь күнлери бир топар журналистлер, блогерлер ҳәм ҒХҚ ўәкиллери ушын Қарақалпақстанға пресс-тур шөлкемлестирилди.
Қарақалпақстан Республикасы бойынша жәми 12 мың 381,5 километр автомобиль жоллары болып, улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жоллары 4 мың 254 километр, мәмлекетлик әҳмийеттеги жоллар 986 километр, жергиликли жоллар 2604 километр ҳәм халықаралық әҳмийеттеги жоллар 664 километрди қурайды. Ишки хожалық жолларының узынлығы болса 8 мың 127,5 километр болып есапланады.
Қарақалпақстан Республикасы улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жоллары ҳәм ишки хожалық жолларын толық ҳәм әмелдеги оңлаў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, улыўма пайдаланыўдағы 237 километр жоллардың 9 километринде реконструкция, 3 километрде толық оңлаў, 92,5 километрде әмелдеги ремонтлаў, мәҳәллелерде биринши нәўбетте оңланыўы зәрүр болған 116,7 километр жолларда оңлаў жумыслары орынланды.
Пресс-тур даўамында қатнасыўшылар Қоңырат районынан өткен А380 «Ғузар–Бухара–Нөкис–Бейнеў» автомобиль жолының 964–1204 километри аралығында (240 км) бөлимин цемент-бетон қаплама менен реконструкция етиў, «Ғузар–Бухара–Нөкис–Бейнеў» автомобиль жолының Нөкис қаласынан өткен 753–698 ҳәмде 581–673 км (92 км) бөлимин реконструкция етиў процесслери менен жақыннан танысты.
Усы реконструкция жумысларына Әзербайжанның «North West Construction LLC» ҳәм Қытайдың «Road and Bridge Corporation» компаниялары (CRBCChina) тартылған болып, бүгинги күнде жумыс жедел пәтлерде даўам етпекте.
Сондай-ақ, Әмиўдәрья районындағы дәрья үстинен өтетуғын темиржол ҳәм автомобиль жолы қоспа көпириниң қурылысы процесслерин бақлап, жол бойынша тәжирийбели қәнигелер менен сәўбетлести.
Автомобиль жоллары комитети тәрепинен Ташкент мәмлекетлик транспорт университети менен жоқары тәжирийбели илимий ҳәм инженер кадрлар таярлаў ҳәм оларды илимий жумысқа бағдарлаў бойынша бирге ислесиў жолға қойылған болып, Автомобиль жоллары инженерлиги факультети студентлериниң әмелий билимлерин беккемлеў мақсетинде жол қурылыс-оңлаў объектлеринде ислеп шығарыў әмелиятын өтеў ушын шараятлар жаратылған.
Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 10-октябрдеги “Жол хожалығы тараўын және де жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы қарары үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Усы қарар менен жол хожалығы тараўын және де раўажландырыў бойынша анық ис-илажлар белгилеп алынды.
Атап айтқанда, улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жоллары, қалалар ҳәм басқа халық пунктлери көшелерин жасалма обиеклерди қурыў, реконструкция етиў ҳәм оңлаў жумысларының жойбар ҳәм жойбар алды ҳүжжетлери ҳәрбир аймақтың геологиялық ҳәм экологиялық өзгешелегин инабатқа алған ҳалда ислеп шығылады.
Жол жумысларына ажыратылып атырған қәрежетлерден пайдаланыў нәтийжелигин асырыў мақсетинде 2024-жыл 1-январьдан баслап жойбар-смета ҳүжжетлерин таярлаў, жол-қурылыс жумысларын әмелге асырыў, сондай-ақ, оларды қабыл етип алыўда көлем ҳәм сапа көрсеткишлерин нәзерде тутатуғын система еңгизиледи.
Бүгинги күнге шекем жойбарлардың техникалық тапсырмасы “ресурс” усылына тийкарланған болып, бунда 1 километр жол қурыў ушын қанша жумысшы керек, қанша жанылғы ҳәм неше техника ислетиледи, техниканың түри қандай болыўы керек, деген жүзлеп шәртлер киргизилетуғын еди.
Қурылып атырған автомобиль жоллары сапасын тәмийинлеў мақсетинде жолларды қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары жуўмақланған объектлердиң тийкарғы конструктив элементлери бойынша кеминде
үш жыллық кепиллик пенен хызмет етиў мүддети енгизиледи.
2025-жыл 1-январьдан баслап жаңадан басланатуғын объектлерде жол-қурылыс жумыслары бойынша жойбарды инженерлик басқарыў ҳәм техникалық бақлаў жумыслары аутсорсинг шәртлери тийкарында Халықаралық инженерлер-консультантлар федерациясы(FIDIC) әмелияты ҳәм ҳүжжетлерине муўапық ғәрезсиз шөлкемлер, сондай-ақ, меншикли сектор тәрепинен әмелге асырылады.
Жаңадан басланатуғын улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жоллары, көпирлер ҳәм жасалма имаратларды қурыў, реконструкциялаў объектлерин қаржыландырыўды тийкарынан халықаралық финанс институтлары қәрежетлери есабынан әмелге асырылады.
Буның ушын, 2024-жылдан баслап ҳәр жылы халықаралық финанс институтларынан улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жоллары, көпирлер ҳәм жасалма имаратларды қурыў, реконструкция етиў объектлерине 300 млн АҚШ долларынан аз болмаған муғдарда кредитлер алынады.
Азия раўажланыў банки менен шерикликте А-373 “Ташкент-Ўш” автомобиль жолының “Қамшық”тан өткен 100 км бөлиминде интеллектуал транспорт системасын еңгизиў жумыслары басланады.
Жол тараўында кадрлар потенциалын беккемлеў, заманагөй техникаларды басқара алатуғын қәнигелерди таярлаў, атап айтқанда халықаралық рейтинглерде биринши 1000 лық дизимге кириўши сырт ел университетлер, сондай-ақ Германияның Ахен қаласындағы Рейн-Вестфаль техника университети, Түркияның Станбул техника университети, Қытай Халық Республикасының Сиань Цзяотун университети ҳәм басқа университетлер менен тәжирийбели кадрларды таярлаў бағдарында шериклик жолға қойылады.
Усы қарар менен тараўда мәмлекетлик-меншик бирге ислесиўди еңгизиў ҳәм раўажландырыў мақсетинде пуллы автомобиль жолларын шөлкемлестириў жойбарларын әмелге асырыў басланады;
тастыйқланған 2023 – 2026-жыллары көпир имаратларын тиклеў бағдарламасына муўапық аймақлардағы 897 дана көпирлер қайта тикленеди;
тастыйқланған 2023 – 2026-жыллары автомобиль жолларын қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў бағдарламасына муўапық 50 мың кмден артық автомобиль жоллары, соннан 13,5 мың кмден артық ишки жоллар оңланады, 25,3 мың кмден аслам топырақ жоллар 2025-жылдың жуўмағына шекем толық қатты қапламалы жоллар тайыпасына өткериледи;
сондай-ақ, 2023–2026-жыллар даўамында Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар бойынша жол инфрадүзилисин комплекс жеделлестириў бойынша анық жойбарлар, улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларын көклемзарластырыў жумыслары, сондай-ақ автомобиль жоллары бойында “жасыл белбеў”лер шөлкемлестирилиўи бойынша әмелий жумыслар алып барылады.
Пресс-тур жуўмағында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги
(Автордың түсирген сүўретлери)