Усы жылдың 19-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик байрағының 32 жыллығы байрамына бағышланып елимиздиң 16 қаласы бойлап Орайлық Азиядағы ең үлкен марафонлардың бири – «Жаңа нәпес» ғалаба жуўырыў жарыслары болып өтти.

Нөкис қаласында өткерилген жарысқа «Өзбекстан гүзары» (бурынғы Төрткүл гүзары) көшесиниң 21-киширайон тәрепинен старт берилди. Онда республикамыздағы 9 жастан баслап ҳәр қыйлы жастағы ҳәўескер ҳәм профессионал спортшылар, әскерий хызметкерлер, ҳуқық қорғаў уйымларының ўәкиллери, студентлер, халық ўәкиллери, нуранийлар, жәмлеспеген жаслар, майыплығы болған шахслар қатнасты.

Онда, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары Б.Өтемуратов қатнасып, барлық жастағы профессионал спортшылар, саламат турмыс тәризи ықласбентлерин байрам менен қутлықлады.

Жарысты өткериўден тийкарғы мақсет, халқымызды ғалабалық спортқа тартыў ҳәм олар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, соның менен бирге, Ўатанымыз бас нышаны болған байрағымыздың 32 жыллық байрамын көтериңки кейпиятта өткериў болып табылады.

Спорт илажында 5 мыңға шамалас нөкисли белсендилер «Бир Ўатанда, бир ўақытта, бир аралыққа, бир мақсетте биргеликте жуўырамыз!» сүрени астында 3 километр аралыққа жуўырды.

Ер балалар арасында өткерилген жуўырыў марафонында биринши орынды Р.Искандаров, екинши орынды Д.Шамуратов, үшинши орынды Н.Халиллаевлар қолға киргизди. Ал қызлар арасында А.Сологуб биринши, М.Орынбаева екинши, Р.Жамғырбаева үшинши орынды, имканияты шекленгенлер (ер балалар) арасында Н.Сарыбаев биринши, Д.Мамбетниязов екинши орынды ийеледи. Сондай-ақ, усы категориядағы қызлар арасында өткерилген жарыста А.Турсынбаева биринши, М.Есенгалиева екинши, А.Бабаниязова сыйлы үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалары менен сыйлықланды. Буннан тысқары, ең кексе, ең жас, ең белсенди қатнасыўшы номинациялары бойынша да жеңимпазлар анықланды. Илаж эстрада қосықшыларының атқарыўындағы концерт бағдарламасына уласып кетти.


Азизбек Дабылов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги

(Автордың түсирген сүўретлери)