Нөкис қаласы Шымбай гүзары мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы спорт залда белбеўли гүрес бойынша 2011-2012-жыллары туўылған жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында Шарапбай Сариевтың сыйлығы ушын республикалық турнир болып өтти.

Ашылыў салтанатында атап өтилгениндей, жарысты өткериўден тийкарғы мақсет, республикамызда белбеўли гүрести раўажландырыў, оның ғалабалығына ерисиў, спортшылардың шеберлигин арттырыў ҳәм күшли палўанларды таңлап алыў болып табылады.

Жарыста жас өспиримлер 11, қызлар 6 салмақ категориясында гүрес алып барды. Кескин жағдайда өткен беллесиўлердиң соңында барлық салмақ категориялары бойынша жеңимпазлар анықланды.

Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерине Қарақалдпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги, халық аралық Аралды қутқарыў фонды атқарыў комитети Нөкис филиалы, “Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен диплом және естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги