Кеше Ашхабад қаласында футбол бойынша Өзбекстан сайланды командасы 2026-жылы болып өтетуғын жәҳән чемпионаты ҳәм Азия кубоги -2027 жарысларының таңлап алыў басқышы шеңберинде өткерилетуғын ойынлардың биринде Түркменстан сайланды командасы менен өз-ара күш сынасты.
Мәмлекетимиздиң ең күшли футболшылары қатнасқан бул ойынның биринши таймының 44-минутында Түркменстан сайланды командасының ойыншысы Мейлис Дүрдиев Ўткир Юсупов дәрўазасын анық нышанға алып, майдан ийелерин есапта алдыға алып шықты.
Екинши таймда болса, өзбекстанлы футболшылар өзлериниң шеберлиги ҳәм тәжирийбесин көрсетип, Түркменстан дәрўазасына 3 гол урыўға миясар болды. Атап айтатуғын болсақ, ушырасыўдың 57 ҳәм 77-минутларында Түркияның «Фатих Карагюмрюк» клубы футболшысы Отабек Шукуров еки мәрте, 87-минутта Элдор Шомуродов бир мәрте гол урыўға еристи.
Ал, усы топардағы екинши ойында болса, Иран өз майданында гонконглы футболшыларды қабыллап, оларды 4:0 есабында жеңип шығыўға миясар болды.
Енди Өзбекстан сайланды командасы усы топардағы өзиниң екинши ойынын 21-ноябрь күни Иранға қарсы өткереди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы