Индонезияда жас өспиримлер арасында өткерилип атырған жәҳән чемпионатында бүгин Өзбекстан сайланды командасы футболшылары «В» топарының жетекшиси Испания сайланды командасы менен өз-ара ойын өткерди.

Суракарта қаласындағы «Манахан» стадионында болып өткен ойынның дәслепки 20-минутында испанлар кескин ҳүжимлерге өтип, Өзбекстан сайланды командасы дәрўазасына 2 гол урыўға еристи.

Буннан соң сайланды командамыз ағзалары да бир қатар қәўипли ҳүжимлер шөлкемлестирди ҳәм усындай ҳүжимлердиң биринши таймның соңында Бехруз Шукуруллаев табыслы жуўмақлаўға миясар болды.

Екинши таймда болса, Өзбекстан сайланды командасы қарсыласларына қарағанда шаққанырақ ҳәрекет етти ҳәм 53-минутта Каримовтың пасынан соң Амир Саидов Испания дәрўазасын анық нышанға алып, өзиниң усы чемпионаттағы үшинши голын урыўға еристи.

Буннан соң ойында есап өзгермеди ҳәм Өзбекстан сайланды командасы өзиниң упайларын санын 4 ке жеткерип, кейинги басқышқа шығыў имканиятын сақлап тур.

Соны айрықша атап өтиўимиз керек, бул ойында қарақалпақстанлы Муҳаммедалий Реймов тийкарға қурамда толық ҳәрекет етти.

Ал, усы топардағы Мали ҳәм Канада арасындағы ойында болса, африкалы футболшылар 5:1 есабында жеңиске еристи.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы