Бүгин Ашхабад қаласында Сречко Катанец басшылығындағы футбол бойынша Өзбекстан сайланды командасы 2026-жылы болып өтетуғын жәҳән чемпионаты ҳәм Азия кубоги -2027 жарысларының таңлап алыў басқышы шеңберинде өткерилетуғын ойынлардың биринде Түркменстан сайланды командасы менен ойынға түседи.

Ойын «Ашхабад» стадионида Ташкент ўақты менен саат 19:00 да басланады.

Бул әҳмийетли ойынды япониялы Хироюки Кимура басқарып барса, оған қанаатларда ўатанласлары Кота Ватанабе ҳәм Такуми Такаги жәрдемлеседи. 4-рәсмий төрешилик ўазыйпасы Хироки Касагараға тапсырылған.

Ойында майдан ийелери ақ, Өзбекстан сайланды командасы көк реңли формада ойнайды.

Ал, топардың екинши ойынында болса, Иран Гонконг сайланды командасы менен ушырасады. Бул ойын Ташкент ўақты менен саат 19:30 да басланыўы белгиленген.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, Өзбекстан сайланды командасы ФИФА рейтингинде 74 орынды, Түркменстан сайланды командасы 137-орынды ийелеп тур.

Ал, Иран сайланды командасы болса, дүнья жүзилик рейтингте 24-орынды, Гонконг 147-орынды ийелеп келмекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы