Бүгин, 16-ноябрь ерте таңда мәмлекетимизге профессионал бокс бойынша бурынғы жәҳән чемпионы Майк Тайсон жетип келди.

Елимизде өткерилип атырған Пүткил жәҳән бокс аўқамы (WBC)ның 61-конвенциясы шеңбериндеги илажларда қатнасыў ушын келген бокс әпсанасы Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги, Өзбекстан профессионал бокс федерациясының ўәкиллери, журналистлер, бокс ықласбентлери салтанатлы күтип алды.

Кеше Пүткил жәҳән бокс аўқамы (WBC) конвенциясы системасында пайтахтымыздағы «Ҳумо арена» спорт сарайында 17-ноябрь күни шөлкемлестирилетуғын бокс кешесине бағышланған баспасөз конференциясы өткерилди.


WBC Президенти Маурисио Сулейман, Өзбекстан профессионал бокс федерациясының биринши вице-презиленти Ғофур Раҳимов, елимизде мийман болып турған жәҳән бокс жулдызы Эвандер Холифилд, Олимпиада ойынларының жеңимпазы, еки мәрте жәҳән чемпионы Баҳодир Жалолов, жас үмит былғары қолқап шеберлери Абдумалик Халаков, Қудратилла Абдуқаҳҳоров, Миразиз Мирзахалилов және олардың қарсыласлары қатнасты. Баспасөз конференциясы алдынан Өзбек боксы әпсаналары Руфат Рисқиев ҳәм Муҳаммадқодир Абдуллаевларға ҳүрмет көрсетилди.

«Ташкент жолбарсы» атамасы менен жәҳән боксында мүнәсип из қалдырған Руфат Рисқиев Пүткил жәҳән бокс аўқамы (WBC) тәрепинен естелик алтын медалы менен, Муҳаммадқодир Абдуллаев арнаўлы саўға менен сыйлықланды.

Конференция даўамында WBC баслығы Маурисио Сулейман конвенция шеңбериндеги илажлар жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгенин, Өзбекстанда спорт тараўында, атап айтқанда, боксти раўажландырыў бағдарында кең көлемли жумыслар алып барылып атырғанын атап өтти.

Журналистлердиң сораўларына жуўап берген боксшыларымыз «Ҳумо арена»да болатуғын беллесиўлерде халқымыздың исенимин ақлаў ең әҳмийетли ўазыйпа екенин билдирип өтти.

Жәҳән боксинде барған сайын үлкен абырай-мәртебеге ийе болып атырған Баҳодир Жалолов «Париж – 2024» Олимпиадасынан кейин бар итибарын WBC чемпионлық белбеўин қолға киргизиўге қарататуғынын билдирди.

Бүгин күн даўамында Пүткил жәҳән бокс аўқамы (WBC)ның 61-конвенциясы қатнасыўшылардың бир бөлеги Самарқанд қаласының дыққатқа ылайық орынларын тамашаласа, илажда қатнасқан төрешилер, бир топар қәнигелер «Ҳумо арена» спорт сарайында ертең болатуғын бокс кешесине байланыслы мәресимлерди өткериўде қатнасады.

Тўлқин Рўзиев, ӨзА